Siyosat ХАЛЫҚТЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ-БҮГИНГИ КҮННИҢ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕСИ

ХАЛЫҚТЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ-БҮГИНГИ КҮННИҢ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕСИ

0
ХАЛЫҚТЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ-БҮГИНГИ КҮННИҢ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕСИ

Бүгинги күни халықтың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы турмыс тәризин және де жақсылаўға бағдарланған ислер жаңаша түс алған. Халық қабыллаўханаларына халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша келип түсип атырған мүрәжатларды анализ еткен ҳалда, ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилигин асырыў баслы мақсет етип қойылған.
ϴзбекстан Республикасы Пре-зидентиниң райондағы Халық қа-быллаўханасы тәрепинен 2024-жыл 1-июльға шекемги мүрәжатлар анализ етилгенде қабыллаўхана базасына исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери менен байланыслы 426 мүрәжат келип түскен болып, соннан 196 мүрәжат қанаатландырылған, 57 мүрәжатқа ҳуқықый түсиник, 145 мүрәжатқа түсиник берилген, 1 мүрәжат көрместен қалдырылған,  3 мүрәжат тоқтатылған, 5 мүрәжат узақ мүддетли қадағалаўға алынған ҳәм 19 мүрәжат үйренилмекте.
Ҳәким жәрдемшилериниң классификациялар бойынша аймақларынан түскен мүрәжатлардың қанаатландырыў көрсеткишлерине қарайтуғын болсақ, «Өзбекстан» МПЖда 86%, «Маржанкөл» МПЖда 80%, «Белтаў» АПЖда 73%, «Жаңадәрья» АПЖда 68%, «Ғәрезсизлик» МПЖда 56%, А.Адилов атындағы АПЖ-да 54%, «Қаратерең» МПЖда 53%, «Даўытсай» МПЖда 50%, «Қараой» АПЖда 48%, «Дәўир» АПЖда 47%, «Атакөл» АПЖда 39%, «Дәўқара» АПЖ-да 38%, «Тахтакөпир» ППЖда 37%, «Қоструба» МКПЖ да 33%, «Айдын жол» МПЖда 32%, «Қоңыраткөл» АПЖ-да 19%, «Мүлик» АПЖда 18% мүрәжат қанаатландырылған.  
Райондағы ҳәким жәрдемшилериниң әмелге асырылған жумыслары онлайн мәҳәлле платформасынан үйренилип шығылғанда: 
Хатлаў даўамында ҳәким жәрдем-шилери тәрепинен 1493 пуқараның жумыссызлығы анықланған. Соннан (жәми 760) 235 пуқара турақлы жумыс орны менен, 161 пуқара ис-ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумыс пенен, 364 пуқара өзин-өзи бәнт еткен. 
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 7 пуқараға 61 млн. сум субсидиялар ажыратылған («Айдын жол» МПЖда 3 пуқара, «Қаратерең» МПЖда 2 пуқара, «Өзбекстан» МПЖда 1 пуқара, «Қоструба» МКПЖда 1 пуқара). 
Кредит ажыратыў мақсетинде пуқараларға 836 усыныслар берилген. Соннан 744 шаңараққа 7 млрд. 781 млн. кредитлер ажыратылған. 
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке тек 150 пуқара оқытылған. 
Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 197 жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилген болып, олар 181 жеке тәртиптеги исбилерменлик, 16 юридикалық тәртиптеги исбилерменлик пенен шуғылланыўшылар болып табылады. 
Әлбетте халықтың бәнтлигин тәми-йинлеў арқалы ҳәким жәрдемшилери искерлигиниң нәтийжелилиги де артады.

Мәмбетулла СУЛТАНОВ
ϴзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасының жетекши қәнигеси