ПӘРМАННАН КЕЛИП ШЫҒАТУҒЫН ЎАЗЫЙПАЛАР
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлер менен раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы қабылланды. Усы Пәрманда Карақалпақстан Рес-публикасында исбилерменлик ис ҳәрекети менен шуғылланыўшы субъектлерге өндирис ҳәм инвестиция потенциалынан нәтийжели пайдаланыў арқалы исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм жаңа қунға ийе болған бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў менен бирге исбилерменлерге көрсетилип атырған финанслық хызметлер көлеминиң кеңейттирилиўи, инфраструктуралық шәраятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша мәселелер киргизилген.
Пәрманда аймақтың инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў;
-жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди қөбейтиў және қолайлы агробизнес орталығын жаратыў;
-социаллық қорғаў бағдарламаларының қамтып алыныўын кеңейтиў бойынша жеңилликлер берилген.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан және усы аймақта ҳәрекет етип атырған барлық исбилерменлик субъектлерге 2023-жылдың 1-январь сәнесинен баслап 2028-жылдың 1-январь сәнесине шекемги дәўирде;
Пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң жер салығына салынатуғын салық ставкалары 50 процентке кемейттирилиўи белгиленген.
Социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында өндирилиўи нәзерде тутылған.
Пайда салығы дегенге тоқтап өтейик: юридикалық тәреплер улыўма белгиленген салық төлемин төлеўшиси болса, онда пайда салығын төлеўшиси болып есапланады. Пайда дегенимиз исбилерменлик субъект тәрепинен өзи ислеп шығарған өнимлерди сатыўдан ямаса көрсетилген хызметлерден келип түскен пул қәрежетлериниң усы өнимлерди ислеп шығарыўға ямаса көрсетилген хызметлерге сарыпланған қәрежетлер арасындағы айырмашылық. Егер унамлы болса-пайда, керисинше болса-зыянды аңлатады
Айланыстан алынатуғын салық бул салық төлемин пул айланысы жыл даўамында 100,0 миллионға шекем болған исбилерменлик субъектлер әмелге асырады. Айланба салық ставкасы исбилерменлик субъекттиң хызмет көрсетиў түрине қарап белгиленеди.
Мүлик салығы исбилерменлик субъекттиң ийелигинде көшпес мүлик болған субъектлер мүлик салығын төлеўшиси болып есапланады. Мүлик салығы салық салыў объектиниң орташа жыллық қалдық баҳасынан келип шығып есапланылады.
Жер салығы исбилерменлик субъекттиң мүлик ҳуқықы, ийелик етиў ҳуқықы ямаса ижара тийкарында жер участкаларына ийе болған субъектлер жер салығын төлеўшиси болып есапланады. Жер салығы ставкасы жердиң жайласқан орталығынан келип шығып есапланылады.
Пәрманда социаллық салыққа болған жеңилликлер жеке тәртиптеги исбилерменлерге де қолланылыўы көрсетилген. Бунда қалалық жердеги жеке тәртиптеги исбилерменлерге 12 есеге арзанлатылыўы, районда жайласқан жеке тәртиптеги исбилерменлерге 6 есеге арзанлатылыўы нәзерде тутылған. Жеке тәртиптеги исбилерменлерге жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында социаллық салық есаплаў белгиленген.
Бул жеңилликлер ири салық төлеўшилерге, турақлы мәкемелер, бюджет кәрханаларына, устав қорында мәмлекетлик үлеси 50 % ҳәм оннан жоқары болған кәрханаларға қолланылмайтуғынлығы көрсетип өтилген.
Усы пәрманда 2022-жылдың 1-октябрь сәнесинен баслап 2028-жылдың 1-январь сәнесине шекем Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарылған өнимлерди экспорт етиў менен шуғылланыўшы кәрханаларға экспорт етиў ушын ислеп шығылған өнимлердиң шийки затларын тасыў ушын кеткен транспорт қәрежетлериниң 70 процентин қаплап бериў белгиленди. Қәрежетлерди қаплаў Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Усының менен бирге және бир айтып кететуғын нәрсе бул ажыратылған кредит суммасының 75 % муғдарында бирақ 2,5 миллиард сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериў Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен әмелге асырылады.
Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскене сатып алыў ушын 7 жыл мүддетке қарыз қаржыларын усынылыўы белгилеп қойылды. Бул қарыз жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы әмелге асырылады.
Қарақалпақстан Республикасы аймағында Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы бойынша 2022-жылдың ақырына шекем 200,0 миллиард сум кредит ажыратылыўы белгиленди.
Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы Исбилерменлик пенен шуғылланаман деген ҳәр бир пуқара усы жоқарыдағы Пәрмандағы жеңилликлерден пайдаланса болады. Себеби кредит алыўда гиреўге көшпес мүлик излеп ўақыт кетпейди, гиреўге кепил таяр.
Исбилерменлер жумыс басласа қорықпастан ҳәрекет етсе болады, себеби әсбап-үскенелер алыў ушын қарыз алыў дереклери бар, салық жүклери еки есеге жеңиллетилген. Исбилерменлерден алға мақсет қойып, заман менен тең қәдем басыў талап етиледи. Бул дегенимиз-жаңа жумыс орнын жаратыў ҳәм сапалы өним ислеп шығарыў арқалы елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыў деген сөз.
Парахат Тилеўмуратов
Районлық мәмлекетлик салық
инспекциясының бас инспекторы.