Суд ҳүкими менен ҳуқықы тикленди
Ис бойынша дәслепки тергеў уйымы тәрепинен қойылған айыплаўға бола, С.Орынбетов Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының 2011-жыл 24-январьдағы ҳүкими менен Жынаят Кодексиниң 248-статьясы 3-бөлими менен айыплы деп табылып, 5 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланып, жазасын өтеп болған. С.Орынбетов судтың 2011-жылғы ҳүкиминен наразы болып, бийкарлаў мақсетинде жынаят иси бойынша оған көрсетпе берген шахслардың көрсетпелерин өзгертиў жолы менен жынайый жағдайды бийкарлаўшы жалған дәлийллерди судқа усыныўды шөлкемлестириў мақсетинде, ис бойынша тийкарғы гүўа есапланған М.Тәңирбергеновтың өзине қарата берген көрсетпелерин өзгертиў, буның есесине оған 50 млн. сум пара усыныс еткени ҳәм жалған көрсетпе бериўге шақырып, гүўаны пара есесине жалған көрсетпе бериўге көндириў жынаятын өзине байланыслы болмаған жағдайда ақырына жеткизе алмағанлығы бойынша ЖКниң 25, 238-статьясы 2-бөлими менен айыпланыўшы сыпатында иске тартылған.
Суд, ис бойынша көрсетилген барлық дәлийллерди, гүўалардың көрсетпелерин ҳәм иске байланыслы аудиожазыўларды тексерип, 2025-жыл 10-сентябрь күнги ҳүкими менен С.Орынбетовтың ҳәрекетлеринде жынаят қурамы болмағанлығы себепли айыпсыз деп табылды ҳәм оның қарсысына қозғатылған жынаят иси Өзбекстан Республикасы ЖПКниң 83-статьясы 2-бөлимине тийкарланып ақланды.
Оразбай Мауленов
Жынаят ислери бойынша
Тахтакөпир районы судының баслығы