Siyosat ШАҢАРАҚҚА ТИЙИСЛИ БАЛАЛАР ҮЙИ ИСКЕРЛИГИ ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ

ШАҢАРАҚҚА ТИЙИСЛИ БАЛАЛАР ҮЙИ ИСКЕРЛИГИ ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ

0
ШАҢАРАҚҚА ТИЙИСЛИ БАЛАЛАР ҮЙИ ИСКЕРЛИГИ ЖЕТИЛИСТИРИЛЕДИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 4-август күни  «Шаңараққа тийисли балалар үйлери искерлигин жетилистириўге тийисли қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-345 санлы қарары қабыл етилди.

Қарар тийкарында төмендегилер белгиленип атыр :

   1. 2022 жыл 1-сентябрьден баслап шаңараққа тийисли балалар үйлери жетим балалар ҳәм ата-ана қараўынан айырылған  балаларды шаңараққа тәрбияға алыўды қәлеген пуқаралар тәрепинен юридикалық шахс мәртебесиз тийисли район (қала) ҳәкиминиң шешими тийкарында шөлкемлестириледи.

   2. Әмелдеги юридикалық шахс мәртебесиндеги мәмлекет тәрбия шөлкеми ретинде искерлик көрсетип киятырған шаңараққа тийисли балалар үйлери юридикалық шахс мәртебесисиз қайта шөлкемлестириледи.

 3. Шаңараққа тийисли балалар үйлерин уйымластырыўшы болған пуқаралар ушын тутынған ата-аналарды таярлаў курслары шөлкемлестириледи.

   Жәмийетлик қәўипсизлиги университети тутынған ата-аналарды таярлаў  курслары искерлигин муўапықластырып барады.

   4. Шаңараққа тийисли балалар үйин  шөлкемлестирген пуқараларға ҳәр айда Мәмлекет бюджетинен шаңараққа тийисли балалар үйиндеги ҳәр бир тәрбияланыўшының жасаў қәрежетлери ушын 7 жасқа дейинги тәрбияланыўшыларға БEМниң 5 есеси муғдарында, 8 жастан 18 жасқа дейинги тәрбияланыўшыларға БEМниң 7 есеси муғдарында ақша ажыратылады.

 5. Шаңараққа тийисли балалар үйиндеги тәрбияланыўшылары:

- аймақта жайласқан мәмлекет спорт комплекслерин, руўхый-ағартыўшылық орайлар, дөгереклер, ат спорты секциялары, «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары ҳәм басқа оқыў орайларындағы дөгереклер ҳәм курсларға бийпул қатнасады ;

- жылына бир мәрте саламатландырыў дем алыў орныларында дем алыўы ушын бийпул жолламалар ажыратылады;

- бир жылда еки мәрте республикамыздың тарийхый қалаларына бийпул саяхатлар, театр тамашалары ҳәм концерт бағдарламалары шөлкемлестириледи;

- мәмлекетлик емлеў-профилактика мәкемелери тәрепинен бир жылда еки мәрте бийпул толық медициналық тексериўден өткериледи.

 Шаңараққа тийисли балалар үйиндеги тәрбияланыўшыларға усы шешимге муўапық берилип атырған жеңилликлер шаңараққа тийисли балалар үйин шөлкемлестирген пуқаралардың өз перзентлерине де қолланылады.

 

З.Ережепов

         Тахтакөпир районы прокурорының жәрдемшиси