Siyosat ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ ҲӘМ ОНЫҢ ҲҮКИМЛЕРИ

ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ ҲӘМ ОНЫҢ ҲҮКИМЛЕРИ

13
ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ ҲӘМ ОНЫҢ ҲҮКИМЛЕРИ

Ҳүрметли жәмәәт! Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын, Қурбан ҳайыты қарсаңында турмыз. Усы күнлерде мүбәрек ҳажы зыяратын нийет еткен дүнья жүзи мусылманлары, сол қатары елимизден барған ҳажылар Мәкка қаласында турып ибадат етпекте.

Ҳажы ибадаты даўамында ҳәр бир ҳажының бир жанлық сойып қурбанлық етиўи парыз әмеллерден есапланады

Буннан тысқары, ҳайыт күни малы нысабқа жеткен, өзине тоқ ҳәр бир мусылманның да өз елинде қурбанлық етиўи ўәжиб есапланады.

Аллаҳ таала инсанларды тек өзине ғана ибадат етиўге буйырды. Ибадатлар оған жақынласыўға ҳәм оның разылығын табыўға бир себеп болып есапланады. Бендени Аллаҳ таалаға жақынластырыўшы материаллық (қаржылай) ибадатлардан бири – қурбанлық болып табылады. Қурбанлық арқалы мөмин адам Аллаҳ тааланың буйрығы менен өз малынан ўаз кеше алыўы имтихан етиледи. Динимизде бир жанлық сойыў арқалы әмелге асырылатуғын ибадатлар көп. Неке тойында бир қой сойып болса да той бериў сүннет. Ҳажылар ҳаж ибадатын жуўмақлап болғаннан кейин, жанлық сойып қурбанлық етеди.

Қурбанлық зулҳижжа айының оныншы (яғный Қурбан ҳайыты күни), он биринши ҳәмон екинши күнлерде әмелге асырылады. Оның ақырғы ўақты Зулҳижжаның он екинши күни қуяш батыўы (намазлыгер ўақтының тамам болыўы, шам намазының кириўи) менен ақырына жетеди. Қурбанлық ушын түйе, қара мал, қой яки ешки сойылады.

Қурбанлық етиў шәриятымызда зәкат сыяқлы ҳижрий екинши жылы енгизилген. Ҳанафий мәзҳабына көре қурбанлық ўәжиб әмел есапланады. Қурбанлық зәкат киби күнделикли турмыс ушын зәрүр нәрселерден тысқары 85 грамм алтын яки оның баҳасындағы мал-мүлкке ийе болған адамға ўәжиб болады.

Қурбанлық ҳаққында Қураны кәриймниң Ҳаж сүресинде былай делинген.

Яғный:(Қурбанлық қылынатуғын) түйелерди сизлерге Аллаҳтың белгилери қылдық.  Оларда сизлерге жақсылық бар”  (Ҳаж, 36-аят).

Қурбанлық – ҳәр жылы тәкирарланатуғын ибадат, Аллаҳ тааланы уллылаў ушын қолайлы мәўрит.

Яғный: “Аллаҳға олардың (қурбанлықтың) гөшлери де, қанлары да жетип бармайды. Бирақ, оған сизлерден тақўа жетеди. Усылайынша, сизлерди ҳидаят еткени себепли – Аллаҳға тәкбир айтыўыңыз ушын оларды сизлерге бойсындырып қойды. Жақсылық етиўшилерге хош хабар бер!” (Ҳаж сүреси, 37-аят)

яғный: Қурбан ҳайыты күни адам қан шығарыўдан көре Аллаҳға сүйкимлирек ис қыла алмайды. Әлбетте, ол ҳайўанлар Қыямет күни шақлары, жүнлери ҳәм туяқлары менен келеди. Әлбетте қан жерге түсиўинен алдын Аллаҳтың алдындағы мәканға жетеди. Солай екен, шын кеўилден ислең” (Имам Термизий рәўияты).

Қурбанлық етиў Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўә салламның мүбәрек сүннетлеринен есапланады. Бул ҳаққында Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳу мынадай деген:

яғный: “Нәбий алайҳиссалам Мадинада он жыл қурбанлық қылды” (Имам Термизий ҳәм Имам Аҳмад рәўияты).

Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деген:

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә саллам қурбанлыққа имканы болып турып, қурбанлық ислемеген адам ҳаққында мынадай деген:

яғный: “Имканияты болып турып, қурбанлық ислемеген адам намаз оқыйтуғын жеримизге (мешитимизге) жақынламасын” (Имам Ибн Мәжа рәўияты).

Қурбанлық гөшинен ийеси жеўи, бай ҳәм кәмбағалларға жегизиўи ҳәм сақлап қойыўы мүмкин. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә саллам:

яғный: “Сизлерди қурбанлық гөшлерин үш күннен кейин жеўден қайтарған едим, енди қәлегенинше жей бериң...”, – деп айтқан. (Имам Табараний рәўияты).

Қурбанлық гөшлери төмендеги тәртипте бөлинеди: қурбанлық етиўши гөштиң бир бөлегин өзине алып қалыўы, бир бөлегин тағам етип адамларға жегизиўи ҳәм бир бөлегин гөшлей иҳсан, садақа етип бөлистириўи мустаҳаб есапланады. Буннан басқа усылда бөлистирсе де дурыс болады. Әсиресе, Қурбанлық гөшиниң ҳәммесин мүтәж, ҳақылы адамларға тарқатыўға руқсат берилген.

Ҳүрметли жәмәәт! Қурбанлық ҳаққында ең көп соралатуғын мәселелерге қысқаша тоқталып өтемиз:

Сораў: Қурбанлық ушын қулағына, қуйрығына нуқсан жеткен яки кесилген ҳайўанды сойыў мүмкин бе?

Жуўап:  Бул ағзалардың үштен бири яки оннан көби жоқ болса, қурбанлық ушын сойыў мүмкин емес. Бирақ үштен биринен аз муғдары жоқ болса, қурбанлыққа болады.

Сораў: Бийпәрўалық етип қурбанлық ислемеген адам не ислейди?

Жуўап: Ҳанафий мәзҳабымызға көре, қурбанлық мойнына ўәжиб болған болса да, умытыў, бийпәрўалық ҳәм басқа себеплер менен қурбанлық қылмаған адам, сол жылдың есабынан бир қурбанлыққа жарайтуғын қойдың пулын кәмбағалларға бериўи ўәжиб. Соның менен бирге мойнындағы ўәжибти кешиктиргени ушын тәўбе қылып, истиғфар да айтады (“Ҳидая” ҳәм “Бәдаиъус саноиъ” китаплары).

Сораў: Қурбанлықты қассапқа сойдырғанда қассаптың хызмет ҳақын сол қурбанлық гөшинен берсе бола ма? Биздеги үрп-әдетке көре қассаптың ҳақысы деп шондысын яки басқа жеринен гөш берип жибериледи. Усы ис қурбанлық ислегенде дурыс болама?

Жуўап: Қурбанлықты егер қассапқа шалдырсаңыз қассаптың хызмет ҳақысын пуллай бериў керек. Қурбанлық гөши қассапқа хызмет ҳақысы етип берилиў мүмкин емес. Туяғы ҳәм териси де қассапқа хызмет ҳақы сыпатында берилиўи мүмкин емес. Себеби, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә саллам ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳуды бундай етиўден қайтарып, былай деген: «Қурбанлық ушын сойылған жанлықтан қассаптың ҳақысын бермең» (Имам Бухарий рәўияты).

Сораў: Қурбанлық етиў мүмкин болған күнлерден қайсы биринде қурбанлық етиў абзал?

Жуўап: Қурбанлық күнлериниң биринши күни, яғный әдетте Қурбан ҳайыты намазы оқылатуғын күни қурбанлық сойыў абзал. Бул темада "Ал-Фатаўа ал-ҳиндия" китабында былай делинген:

"Қурбан ҳайыты күни таң атқаннан баслап Зулҳижжаның он екинши күни қуяш батқанынша азанлы-кеш қурбанлық етиў мүмкин. Бирақ түнде сойыў мәкруҳ болады".

Аллаҳ таала бәримизди ҳайытлардан ҳайытларға саламат жеткерсин!

Қурбанлық ҳәм сол сыяқлы өзи разы болатуғын әмеллерде даўамлы етип, еки дүнья бахыт-саадатына жеткерсин! Әмийн!

 

Бақберген НАДИРОВ

Районлық «Халық»  жәмәәтлик мешити имам-кәтиби