Кибер жынаятшылардан абайлы болың!
Ҳәзирги күнде пластик карталар менен әмелге асырылатуғын операциялар асып барыўы менен бирге пластик карталардан қәрежетлерди өзлестириў (урлаў) менен байланыслы алдаўшылық жағдайлары да көбеймекте. Әсиресе, интернет, социаллық тармақларда жаңадан-жаңа алдаўшылық түрлери пайда болмақта.
Атап айтқанда, соңғы ўақытлары телеграм мессенжериндеги түрли каналларда “топарға қанша адам қоссаңыз, есап бетиңизге сонша қәрежет өткерип беремиз”деген мазмундағы дағазалар көбеймекте. Бул шәртлер орынланғаннан соң алдаўшылар өзин банк хызметкери ямаса түрли акциялар шөлкемлестириўшиси сыпатында таныстырып, картаға мәлим муғдарда пул өткерип бериўди, ол ушын болса карта тәртип санларын ҳәм карта ийесиниң мобил телефонына келген «Тастыйықлаўшы код»ты сорайды. Бул кодты оларға улыўма әшкара етпеў керек ҳәм бундай шахслар ҳаққында ҳукық қорғаў уйымларына хабар бериў керек.
Пластик карталардан қәрежетлерди өзлестириў (урлаў) менен байланыслы алдаўшылық жағдайларының алдын-алыў мақсетинде пукаралардың төмендеги тәртиплерге әмел еткени мақсетке муўапық болады.
•Егер сизге кимдур пул өткериўди қәлесе, оған пластик картаңыздың тәртип санларын бериўиңиздиң өзи жеткиликли болады. Басқа мағлыўматларды әшкара етпең.
•Егер сизге банк атынан гүманлы қоныраў ямаса SMS хабарнама келсе, өзиңиз банкке қоныраў етип анықлық киргизиң.
•Интернет тармағында ҳәм социаллық тармақлардағы ҳәр түрли мобиль дәстүрлерди телефоныңызға жүклеп алмаң ҳәм оларға кодларды киргизбең.
•Пластик картаңыз арқалы әмелге асырылып атырған транзакциялар ҳаққында хабарнама хызметин қостырың, сондай-ақ, карта арқалы жумсалатуғын қәрежетлер суммасына шеклеў (лимит) орнатың.
•Кибер жынаятшылар социаллық тармақлар арқалы ҳәр түрли дағаза ҳәм хабарлар менен карта ийелерине СМС-хабарнамалар жолламақта. Бундай хабарларға жуўап бермең.
•Саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынларында төлеўлерди әмелге асырып атырған ўақтыңызда бийтаныс шахсларға пластик картаңыздың жеке ПИН-код тәртип санын әшкара етпең.
•Егер де пластик карта есап бетиңиздеги пулларыңыздың нызамсыз шешилгенин ямаса басқа есап бетлерге өткерилгенин билсеңиз дәрҳал банкке ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиң.
К. ЕРЖАНОВ
Департаменттиң районлық бөлими инспекторы, 1-дәрежели юрист