Siyosat Пуқаралық жәмийети институтларының раўажланыўы жаңа басқышта

Пуқаралық жәмийети институтларының раўажланыўы жаңа басқышта

3
Пуқаралық жәмийети институтларының раўажланыўы жаңа басқышта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқаралық жәмийети институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.
Бунда усы   тараўды жәмийет институтларының орны ҳәм абройын асырыў бойынша хызмет ететуғын ең абзал жөнелислер белгилеп берилди. Усы пәрманға бола Парламентке қараслы пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры ҳәм оның белгиленген районларда бөлимлери дүзилди. Социаллық жойбарлар мәнзиллиги тәмийинленди ҳәм бюрократияға шек қойылды. 
Усы қорды басқарыў бойынша Парламент комиссиясы  гезекпе-гезек Сенат ҳәм Нызамшылық палатасы ўәкиллери басшылық етип барады. Бул өз гезегинде қордың басқарыў жағдайларын жақсылайды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары мәҳәлле Кеңеслерине қараслы пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат болған мәсләҳәт топарлары жумыс алып барыўы жолға қойылады. Бунда мәмлекетлик уйымлар пуқаралық жәмийети институтларының социаллық шериклик жойбарларының басланғыш есап бетиниң 1000 есесине шекем таңлаўларсыз қаржыландырыў ҳуқықы белгиленди.
Мәмлекетлик  грантлары ҳәм социаллық талап жойбарлары социаллық әҳмийетке жақын екенлиги жойбарға алынып, бундай жойбарлар әтирапында дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ставкалары 3 жыл мүддетке 30 процент кемейттириледи. Үнемленген қаржылар жойбар мақсетлерине жумсалады ҳәм олардың өнимлигиниң артыўына алып келеди.
Майыплығы болған инсанлар нураный ҳаял-қызлар ҳәм балалар шөлкемлерин дүзиўди және де жеңиллестириў ушын 2025-жыл 1-январьдан баслап усындай шөлкемлерлердиң дизимин өткериў ушын мәмлекетлик бажы 2 есеге азайттырылады.
Қәўендерлер шөлкемлериниң социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға қалыс хызмет пулының  салық салынбайтуғын муғдары БЕМның 100 есесине асырылады.
Исбилермен ҳәм белсенди пуқаралық жәмийети инстутларының материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў бойынша усыныслар мақулланды.
Бүгин жаратылып атырған усындай қолайлы шәраят нәтийжесинде пуқаралар ҳуқықларын демократиялық қорғаў, билим, медицина, мәденият ҳәм басқа да тараўларда жәми 10 мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери еркин түрде жумыс жүргизбекте. Буларда болса 70 мыңға жақын инсанлар мийнет ислемекте. Атап өтетуғын болсақ,  ҳәр жылы декабрь айының биринши ҳәптелиги «Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги » деп белгиленип барылады. Буның нәтийжесинде Парламент комиссиясы тәрепинен усы тараўда мийнет еткен ўәкиллерге  «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси менен сыйлықланады.
Усы пәрман пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жаңа басқышларға алып шығыўға толық исенемиз.

 

Ернияз БЕГМАНОВ 

“Нураный” қоры Тахтакөпир районы бөлиминиң баслығы