Sport Районда «Жаслар форумы» өткерилмекте

Районда «Жаслар форумы» өткерилмекте

72
Районда «Жаслар форумы» өткерилмекте

Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен республикамыздың қала ҳәм районларында «Жаслар форумы» өткерилмекте.
Бүгин Тахтакөпир районында дәстүрий форум өз жумысын баслады. Район ҳәкими Ж.Адилов жасларды форумның ашылыўы менен қутлықлап, оларды ҳәр қашан да қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Жасларға көтериңкилик бағышлаған форумды «Саламатлық ушын 5000 қәдем» марафоны ашып бермекте. Районлық басланғыш шөлкемлери жетекшилери, сәрдарлар ҳәм жәмлеспеген жасларды бул форум бир мақсет бирлестиреди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети