Fan va ta'lim УСТАЗЛАРДЫҢ ИСЕНИМИН АҚЛАЙМЫЗ

УСТАЗЛАРДЫҢ ИСЕНИМИН АҚЛАЙМЫЗ

0
УСТАЗЛАРДЫҢ ИСЕНИМИН АҚЛАЙМЫЗ

Бүгин республикамыздың барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде 2020-2021-оқыў жылының соңғы қоңыраўы қағылды. 
«Хош мектеп, ассалам келешек»  сүрени астындағы соңғы қоңыраў кешеси  бизиң 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде көтериңки руўхта өткерилди.
Оған мектеп жәмәәти, ата-аналар ҳәм питкериўши жаслар қатнасты. 
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Буннан соң районлық халық билимлендириў бөлими баслығының орынбасары Б. Ажимуратов сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиздиң мектеп питкериўшилерине жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирди. 
Мәмлекетимиз басшысы өз қутлықлаўында: «Жаңа Өзбекстан  шәраятында, заманагөй раўажланыў талаплары тийкарында тәлим-тәрбия алған жас әўлад ўәкиллери сыпатында барлығыңыз мәмлекетимиз, халқымыз тәрепинен жаратылып атырған имканиятларды қәдирлеп, олардан және де нәтийжели пайдаланатуғыныңызға исенемен»-деп беккем исеним билдирди.Әсиресе  дүньядағы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында мектеп билимлендириўи ушын оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықларының жаңа әўладын жаратыў бойынша әмелий жумыслардың басланғанлығы муғаллимлеримизге және де күш-жигер бағышлады.
Президентимиздиң: «Мектепти питкерип атырған жигит-қызларымыздың биреўи де итибардан шетте қалмайды. Олардың ҳәр бири халқымыз, Ўатанымыздың шексиз меҳри ҳәм жоқары итибарын сезинип жасайды» деген  сөзлери биз питкериўши жасларды шексиз руўхландырды.
Быйылғы оқыў жылында мектебимизди  43 ул-қызлар питкерип атыр. Олардың көпшилиги мектеп, район, республика көлеминде турақлы түрде өткерилип киятырған түрли таңлаўларларда, пән олимпиадаларында, спорт жарысларында өзлериниң белсендилиги менен көзге түсти.
Алдымызда және үлкен сынақлар тур. Әлбетте 11 жыл бойы тәлим-тәрбия берген устазларымыздың мийнетлерин ақлап, жоқары оқыў орынларына түсип, мектебимиздиң абыройын көтерип, елимиздиң раўажланыўына өз үлесимизди қосыў. Усы мақсетлерге ерисиў жолында тынбай изленемиз деп устазларымызға беккем исеним билдиремиз.

Камила САҒЫНБАЕВА
3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң питкериўшиси